Мағлыўматтан пайдаланыў шәртлери
Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталында (соңынан Портал) жайластырылған мағлыўматлардан көширме алыў (ғалаба хабар қуралларында ол ямаса бул мағлыўматлардан, хабарлардан цитата келтириў) усы мағлыўматтың дәреги көрсетилген ҳалда рухсат етиледи.
Тиккелей Порталда орналастырылған мағлыўматлар, егер мәлимлемелер, мәлимлемелестириў ҳәм мәлимлемени сақлаў бойынша қабыл етилген нызам ҳүжжетлери менен басқа да шәртлер орнатылмаған болса, Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик мүлки есапланады. Көрсетилип өтилген мағлыўматлар ашық-айдын ҳалда берилиўи мүмкин болған мағлыўматлар түрине кирип, авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық қорғалады. Соның менен бирге, көрсетилип өтилген мағлыўматларды коммерциялық мақсетте пайдаланылатуғын объект сыпатында қараў мүмкин емес.
Порталдан тысқарыдағы мәлимлеме ресурсларының гиперкөрсетиўлерине өтилгенде, интернет-пайдаланыўшы Порталдан шығып кетеди. Портал, сыртқы мәлимлеме ресурсларында орналастырылған мағлыўматлардың хақыйқыйлығы ҳәм әҳмийетлилигине, олардың қурамындағы мағлыўматларды жаңалаўдың дәўирлилигине жуўап бермейды.
Өзлериниң мәлимлеме ресурсларында Порталға (соның ишинде, каталог элементлери, бөлимлер, графикалық баннерлер ҳәм т.б.) өтетуғын гиперкөрсетиўди орналастырыў нийетинде болған физикалық ҳәм юридикалық шахслар, мәжбүрий рәўиште UZINFOCOM Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталын мәлимлеме менен тәмийинлеў ҳәм раўажландырыў топарының разылығын алыўы лазым.
Өзлериниң мәлимлеме ресурсларында Порталға өтетуғын гиперкөрестиўди орналастырған мәлимлеме ресурсларының ийелери:
- Ҳүкимет порталынa өтетуғын гиперкөрсетиў бериў менен байланыслы анық емес мағлыўматларды бериўи;
- Порталға өтетуғын гиперкөрсетиў берилген ресурсларында Порталдың мақсети ҳәм жумыс принциплерине сәйкес келмейтуғын мағлыўматларды орналастырыўы мүмкин емес.
Порталда орналастырылған мағлыўматлардан пайдаланыў ямаса усы хабарнаманың шәртлери менен байланыслы сораўларыңызды Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталын мәлимлеме менен тәмийинлеў ҳәм раўажландырыў топарына жибериўиңиз мүмкин.
Телефон: +99871-202-2-202 (759)
E-mail: govuz@uzinfocom.uz