Портал ҳаққында
Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталы Интернеттиң глобал компьютер тармағындағы тийкарғы ҳәм рәсмий мәмлекетлик мәлимлеме ресурсы есапланады.
Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталының шөлкемлестирилиўи ҳәм қоллап-қуўатланыўы, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2007-жыл 17-декабрьдеги "Интернет тармағында Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы 259-санлы қарарыне муўапық әмелге асырылмақта.
Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының функционаллық процесс ҳәм тәртибин қоллап-қуўатлайтуғын, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының электрон бирге ислесиў инфраструктурасының системасын шөлкемлестиретуғын бөлим есапланады.
Тийкарғы мақсетлери
- Пуқаралар ҳәм хожалық субъектлерине ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен усынылатуғын мәлимлеме ресурслары және хызметлериниң көлемин арттырыўға мөлшерленген қәнегелестирилген мәлимлеме системасын жаратыў;
- Өзбекистан Республикасы Ҳәкимиятының жумысы ҳаққындағы мағлыўматлар менен тәмийинлеў, және Өзбекистан Республикасы Ҳүкимет порталының мақсетли аудиториясын зәрүр мәкемелер менен өз-ара байланысыў процесслери ҳәм имканиятлары ҳаққында, пуқаралардың миннетлемелери менен ҳуқықларының келип шығыўы ҳаққында, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жумысы ҳаққындағы мәлимлемелерден толық, оператив ҳәм пайдаланыўда қолайлығы, мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқарыўдың рәсмий позициясын сәўлелендиретуғын кең көлемдеги мәлимлемелер менен тәмийинлеў;
- Шекленген хизметке мөлшерленген мәлимлемеге киргизилген мағлыўматлардан тысқары, тийисли мәлимлеме ресурсларын орналастырыў ҳәм шөлкемлестириў жолы менен пуқара және шөлкемлерди мәлекеттиң атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы ҳаққындағы рәсмий мәлимлемеге кириўин тәмийинлеў;
- Мәмлекетлераралық мәлимлеме алмасыўының интенсификациясы;
- Өзбекистан Республикасының халықаралық абыройын арттырыў ҳәм миллий экономикамызға инвестицицяларды тартыў ушын шараятларды жаратыў;
Тийкағы функциялары:
- мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының мәлимлеме бирлигин тәмийинлў;
- мағлыўматларды белгиленген форматтағы усынысында мәмлекетлик мәкемелер арасында «ҳүкимет» дәрежесинде мәлимлемелердиң горизантал алмасыўы;
- мағлыўматлардың орайластырылған базасына кириў тийкарында бирден-бир мәлимлеме ресурсларынан биргеликте пайдаланыў;
- экономикалық, ҳуқықый, статистикалық, электорал мәлимлемелер менен вертикал мәлимлеме алмасыўы;
- мәмлекетлик-жәмийетлик шерикликти тәмийинлеў;
- мәмлекет-пуқара;
- мәмлекетлик-экономикалық қатансықлардың субъектлери;
- мәмлекетлик-жәмийетлик институтлар (сиясий, диний, миллий, мәдений, коммерциялық емес ҳәм т.б. шөлкемлер менен бирлеспелер);
- сыртқы аудиторияға мөлшерленген, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының көп санлы мәлимлеме ресурсларына, ведомстволардың «yoyilgаn» серверине кириўдиң бирден-бир точкасын жаратыў;
- мәмлекетлик институтлардың жумысы ҳаққындағы мәлимлемелерди усыныў;
- ҳуқыкый мәлимлемеге кириўди тәмийинлеў(республикалық, регионаллық нызамшылық, министрликлер менен ведомстволардың нормативлик актлери);
- мәмлекетте«Глобаллық мәлимлемелескен жәмийет»ке сәйкес қатнасықларды жаратыў ҳәм қалиплестириўге жәрдемлесиў;
- мәмлекетлик институтлардың жумыс ислеў нәтийжелилигин арттырыў;
- ведомстволық ҳәм бюрократлық тосқынлықларды жеңип өтиўге жәрдемлесиў;
- мәмлекетлик хызметтиң абыройын арттырыў.
Порталдан пайдаланыў имканиятлары:
Усы портал оннан пайдаланыўдың имканиятларын жоқары дәрежеде тәмийинлеўди есапқа алған ҳалда жойбарластырылып ислеп шығылған. Бунда ҳәр түрли функциялар менен буйрықлар, графикалық белгилер ҳәм сүўретлерди ислетпеген ҳалда, тиккелей HTMLG''CSS технологиялары менен ислеп шығылған.
Усы портал Пүткилжәҳән өрмекши торы Консорциумы (W3C) тәрепинен ислеп шығылған бәрше қағыйдаларға толық әмел еткен ҳалда жаратылған. Консорциум тәрепинен ислеп шығылған бул қағыйдалар 14 бәнттен ибарат болып, олар 3 бирлемши топарларға бөлинген: биринши топар қағыйдаларына әмел етиў мәжбүрий, екинши топар қағыйдаларына әмел етиў лазым, жетерли дәрежеде стандартларға сәйкес келиўи ушын үшинши топар қағыйдаларына әмел етиў усынылады.
W3C қағыйдаларға жуўап бериў дәрежесине бола барлық сайтлар категорияларға бөлинеди. A категориясы биринши топар қағыйдаларына толық жуўап бериўди аңлатады, AA категориясы биринши ҳәм екинши топар қағыйдаларына, AAA категориясы бәрше топар қағыйдаларына толық жуўап беретуғынын билдиреди. Бул портал кеминде A категориясында, тийкарынан AA категориясына жуўап бериў дәрежесинде ислеп шығылған. Қосымша мағлыўматларды "W3C пайдаланыў имканиятлары қағыйдалары" бөлиминен табыўыңыз мүмкин.
Сүўретлерден пайдаланыў:
Порталдағы бәрше сүўретлер alt text деп аталатуғын альтернатив тәрийпли текст пенен тәмийинленген. Буннан тысқары барлық тийкарғы HTML теглер тийисли role атрибуты менен тәмийинленген болып, бул ҳәр түрли текст оқыйтуғын браузерлер, скринридерлер ҳәм басқа да жәрдемши технологиялар арқалы түсиникли болыўын тәмийинлейди. Порталдa оның жүклениў ўақтын қысқартыў, көлемин азайтыў мақсетинде сүўрет көринисиндеги файлларды илажы барынша аз ислетиўге ҳәрекет етилген.
Шрифтлердиң көлемин өзгертиў ҳәм браузерлер арасындағы сәйкеслик:
Порталдa браузер арқалы көлемин өзгертиў имканияты бар болған шрифтлер қолланылған. Internet Explorer браузеринде шрифттиң көлемин өзгертиў ушын Просмотр (View) бөлимине кирип Размер текста(Text Size) бөлимин таңлаў ҳәм ең киши (Smallest) көлемнен ең үлкен (Largest) көлемге шекемги қәлегенин таңлаў мүмкин. Порталдa шрифтлер орташа (Medium) көлеминде берилген.
Mozilla Firefox браузеринде шрифт көлемин өзгертиў ушын Просмотр(View) > Масштаб(Zoom) бөлимине кирип Увеличит(Zoom In), Уменшит(Zoom Out) ямаса Увеличит только текст(Zoom Text Only) функцияларынан пайдаланыў мүмкин. Текстти дәслепки көлемге қайтарыў ушын Сброс (Reset) бөлимин таңлаў лазым. Бул портал ондағы элементлердиң көлемин қәлеген тәризде өзгертиў имканиятлары менен бирге жаратылған.
Портал усы браузерлерге сәйкес келиўи бойынша тексериўлерден өткен: IE8Q, Firefox 3Q, Opera 9Q, Safari 4Q, Chrome. Соның менен бирге, порталдың тек ғана тексттен қуралған көринисине ийе болып, бул көринис те заманагөй браузерлер және скринридерлерге сәйкс келиўи бойынша тексериўлерден өткен.
Бетлерди баспадан шығарыў
Порталдың бәрше бетлеринде "Баспадан шығарыў" функциясы бар болып, ол бетти принтер арқалы шығарыў имканын береди.
Қоллап-қуўатлаў:
Мәлимлеме жолдасы ҳәм структуралық басқарыў – «UZINFOCOM мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлап турыў бойынша бирден-бир интегратор»
Нормативлик ҳүжжетлер базасы:
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2007-жыл 17-декабрьдеги "Интернет тармағында Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы 259-санлы қарары
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 21-апрельдеги "Интернет тармағында Өзбекистан Республикасының Ҳүкимет порталына мәлимлемелерди усыныў ҳәм орналастырыў тәртиби ҳаққында"ғы 116-санлы қарары
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 30-декабрьдеги "Интерактив мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди есапқа алған ҳалда Интернет тармағында Өзбекистан Республикасы Ҳүкимет порталының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳақкында"ғы 378-санлы карары;
- “Электрон Ҳүкимет ҳаққында”ғы Ѳзбекистан Республикасының Нызамының әмелге асырылыўын даўам еттириў ис-иләжлары ҳаққында”ғы 2016 жыл 3 июньдағы 188-санлы қарары.