Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан Республикасында 2024-2030-жылларда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы 2024-жыл 30-августтағы ПҚ-308-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги структурасында "Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарлары орайы" жойбар офисы шөлкемлестирилген, соның ишинде, оған Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қорына келип түскен қаржы.
Өзбекстан сырт ел инвестицияларын тартыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди жақсылаў бойынша кеңирек стратегия шеңберинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик (МЖШ) жойбарларын әмелге асырмақта. 2019-жылы "МЖШ ҳаққында"ғы нызам қабыл етилгенинен берли шөлкем энергетика, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, транспорт ҳәм басқа да тараўларда ҳәр қыйлы МЖШ жойбарларын ислеп шықпақта.
МЖШ жойбарлары Азия Раўажланыў банки, Европа Тиклениў ҳәм Раўажланыў Банки, Халықаралық Финанс Корпорциясы, Ислам Раўажланыў Банки ҳәм Жәҳән Банки сыяқлы Халықаралық Финанс институтлары менен бирге ислеседи. МЖШ жойбарларының мақсети - жойбарлардың сапасын ҳәм тартымлылығын арттырыў, турақлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, оларды нәтийжели ҳәм экономикалық тәризде әмелге асырыў. Қосымша мағлыўматларды бул силтеме арқалы алыўыңыз мүмкин.
Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў тәртиби Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 30-октябрьдеги 720-санлы қарарына муўапық тәртипте әмелге асырылады. Сондай-ақ, режеде Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын қаржыландырыў тәртиби де көрсетилген.
МЖШ ҳаққында көбирек мағлыўмат алыў ушын сораў жибериўиңиз мүмкин.