Дизимге алыў - 2026
Өзбекстанда халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы өткериледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги “Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында”ғы ПП-173-санлы пәрманы қабыл етилди.
Оған бола, Өзбекстан Республикасында 2026-жыл 15-январь - 28-февраль күнлери халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажы өткериледи.
Дизимге алыў процеси 2 басқышта әмелге асырылады:
1-басқыш 15-31-январь аралығында
17 күн даўамында census.stat.uz сайты арқалы OneID системасы жәрдеминде онлайн дизимнен өтиў имканияты жаратылады.
2-басқыш 4-28-февраль аралығында
“Мәҳәлле жетилиги” ағзалары үйме-үй жүрип, планшет арқалы дизимге алыў процесслерин шөлкемлестиреди.
- Шахсқа тийисли мағлыўматлардың сыр сақланыўы нызам менен кепилленеди.
- Сораўнамадағы мағлыўматлар басқа уйымларға усынылмайды.
Сораўнама қурамы
Жәми сораўлар саны: 71
Халыққа тийислиси: 54
Аўыл хожалығына байланыслы: 17