Нөкис районындағы “Дослық-1” суў бөлистириў объектинде суў хожалығы системасы шөлкемлерине жаңа экскаваторлар ҳәм суўшыларға скутерлерди тапсырылды
2025-10-06 18:10:00 / Jańalıqlar

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Т.Бутунбаев, Нөкис район ҳәкими З.Зайтовлар қатнасты.
Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында суў хожалығы системасында алып барылып атырған реформалар ҳәм олардың орынлардағы нәтийжелери ҳаққында пикир билдирди.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиздиң суў хожалығы системасының жумысына байланыслы көплеген пәрман ҳәм қарарлары, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы ушын айрықша қарарлар қабыл етилди ҳәм олар тийкарында орынларда кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-январьдағы тийисли қарарына тийкарланып, усы жылдың өзинде Қарақалпақстан Республикасы районларындағы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелерине жәми 9 дана экскаватор алып келинди.
Бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, система шөлкемлерине зәрүр техникалар ҳәм суўшылар ушын скутерлер алып берилип, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Буннан соң, 5 районлық “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелерине жаңа экскаваторлар ҳәм суў хожалығы системасы шөлкемлеринде ислейтуғын 55 хызметкерге скутерлердиң гилтлери салтанатлы түрде тапсырылды.




