“Жаңа қәдем – жаңа имканиятлар” атамасында тренинглер өткерилди
2025-10-02 17:25:00 / Jańalıqlar

Инклюзив билимлендириў - ҳәрбир баланың имканиятлары ҳәм зәрүрликлерине қарамастан, тең ҳуқықлы билим алыўына жол ашатуғын система болып есапланады. Усы мақсетте өткен ҳәпте даўамында “Жаңа қәдем - жаңа имканиятлар” сүрени астында Нөкис районы “Инсан” социаллық хызметлер орайы психологы тәрепинен тренинг шөлкемлестирилди.
🔹 Тренингте инклюзив билимлендириўдиң мазмун-мәниси ҳәм жәмиетте тутқан орны ҳаққында пикирлер билдирилди.
🔹 Балаларды классқа қабыл етиў, ата-аналардың белсене қатнасыўы ҳәм оқытыўшылардың индивидуал қатнасы - жаңа имканиятларға жол ашатуғыны, сондай-ақ, ҳәрбир тасланған қәдем нәтийжесинде балаларда исеним, ата-аналарда үмит, жәмийетте кеңпейиллик ҳәм адамгершилик принциплери беккемленетуғыны айрықша атап өтилди.
Тренинг қатнасыўшылары ушын бул баслама билим ҳәм көнликпелерин арттырыў менен бирге, жаңа идеялар ҳәм илҳам дәрегине айланды.






