Халық демократиялық партиясы 34 жаста!
2025-11-03 16:25:00 / NUKUS SHAHRI HOKIMLIGI
Халық демократиялық партиясы 34 жаста!

Быйыл Өзбекстан Халық демократиялық партиясы дүзилгенине 34 жыл толды. Усы мүнәсибет пенен орынларда партия шөлкемлериниң басламасы менен байрам илажлары өткерилмекте.
Илажларда партияның мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында тутқан орны, оның халық мәплерин билдириў ҳәм қорғаўдағы жумысы, елимиздиң раўажланыўы, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық әдиллик принциплерин әмелде енгизиў жолындағы мүнәсип үлеси айрықша атап өтилмекте.

Атап айтқанда, партия Орайлық кеңесинде болып өткен мәжилисте партия жетекшиси У.Иноятов қатнасып, өткен 34 жыллық жумыс нәтийжелерине тоқтап өтти.

Илажда узақ жыллар даўамында партия Бағдарламасын әмелге асырыўда, оның идеяларын кең жәмийетшиликке жеткериўде, бағдарламалық мақсетлерин жүзеге шығарыўда белсендилик ҳәм пидайылық көрсетип киятырған партия ағзаларына “Өзбекстан Халық демократиялық партиясы мақтанышы” көкирек белгиси тапсырылды.


Сондай-ақ, партия Орайлық Кеңеси, аймақлық шөлкемлери, депутатлық бирлеспелериниң жумысы, ерисилген нәтийжелер аналитикалық жақтан көрип шығылды. Келешектеги тийкарғы ўазыйпалар, барлық бағдарлардағы жумысты буннан былай да жетилистириў, интакерликти арттырыў мәселелери додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.
