Өзбекстан АҚШ пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизеди
2025-11-04 11:10:00 / NUKUS SHAHRI HOKIMLIGI
Өзбекстан АҚШ пуқаралары ушын визасыз тәртип енгизеди

Өзбекстанда АҚШ пуқаралары ушын визасыз режим енгизиледи. Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң 3-ноябрь күни қабыл етилген ПП-203-санлы Пәрманында келтирилген.
Ҳүжжетке бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстанға келетуғын АҚШ пуқараларына 30 күнлик визасыз режим енгизиледи.
Пәрманда жаңа илаждың мақсети еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық, мәдений ҳәм гуманитарлық байланысларды, сондай-ақ, туризмди және де раўажландырыў ушын шараят жаратыў екени атап өтилген, – деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
