Реформалардың нәтийжеси мәҳәллелердиң абаданлығында көринеди
2025-11-04 11:00:00 / NUKUS SHAHRI HOKIMLIGI

Реформалардың нәтийжеси мәҳәллелердиң абаданлығында көринеди

ИИМ академиясының басшысы Нөкис қаласындағы “Жеке терек,” “Ғәрезсизлик,” “Халықлар дослығы,” “Гөне қала,” “Жаңабазар” мәҳәллелериниң жумысы менен танысты.
Мәнзилли үйрениўлер ўақтында мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды. Айтып өтиў орынлы, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 18-августтағы ПҚ-253-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасындағы 5 мәҳәлле билимлендириў мәкемелерине бириктирилди. Өткен дәўир даўамында үлкен илимий-әмелий тәжирийбеге ийе профессор-оқытыўшылар тәрепинен “мәҳәлле жетилиги” системасы ўәкиллери менен биргеликте бир қатар илажлар әмелге асырылды.

“Жынаят ошақлары”нда криминоген жағдайды турақлыластырыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылып, әмелиятқа енгизилди. Ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў мақсетинде аймақларға 85 тәшўиш түймеси, 344 заманагөй камера орнатылды. 144 объект техникалық қорғаўға алынып, 10 “қәўипсиз көше,” 28 “қәўипсиз үй” шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, халықтың қатнасыўында 9 мәрте жынаят додалаўы, жәмийетлик орынлар, кәрхана ҳәм шөлкемлерде 45 мәрте профилактикалық илажлар өткерилди.

Аймақларды үйрениў даўамында мәҳәллелерде көп жүз берип атырған жынаятларға айрықша итибар қаратты. “Жетилик” ўәкиллери ҳәм жуўапкерлерге жаңа система тийкарында нәтийжелиликти арттырыў, социаллық профилактиканы нәтийжели шөлкемлестириў, халықты қыйнап атырған социаллық машқалаларды аўызбиршиликте шешиў, мәҳәллелерде, әсиресе, жаслар арасында жынаятшылыққа маўасасызлық иммунитетин қәлиплестириў бойынша усыныслар берилди.

– Мәҳәллелер реформалардың орайына, халқымыздың аўырын жеңил ететуғын жақын жәрдемшиге айланып бармақта. Аймақларда қәўипсиз ҳәм тыныш орталық жаратыў ушын ҳәр биримиз жынаятшылықты сапластырыўға жеке жуўапкершилик сезими менен қатнас жасаўымыз керек, – деди академия басшысы Рустам Хатамов.
Сондай-ақ, академия басшысы Ишки ислер министрлиги академиялық лицейи ҳәм “Темурбеклер мектеби” әскерий-академиялық лицейиниң жумысын да үйренди. Ушырасыўлар ўақтында оқыўшыларды кәсипке бағдарлаў, олардың билим потенциалын, руўхый дүньяқарасын, физикалық таярлығын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхын арттырыў, аймақларда жоқары билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў бағдарында ўазыйпалар белгилеп алынды.
