Нөкисте "24/7 көше": Президент реформалары ҳәм дүнья тәжирийбеси
2025-09-10 10:10:00 / Jańalıqlar

Нөкисте "24/7 көше": Президент реформалары ҳәм дүнья тәжирийбеси
Келешек Нөкис қандай көринисте болады?
"Абат қала - абат инсанлардың үйи. Инсан менен қала бирин-бири абат етеди."
(Абу Наср Фарабий).
"Көше ҳәм базар адамлардың жүзи сыяқлы, оның тәртибинде миллеттиң келбети көринеди."
(Әлийшер Наўайы).
Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияровтың басламасы менен С.Камалов ҳәм Ғәрезсизлик көшелерин "24/7 көше" концепциясы тийкарында раўажландырыў мәселеси быйылғы жылғы бағдарламаға киргизилди. Бул жойбар тек ғана қала инфраструктурасын жақсылаў емес, ал Президент тәрепинен белгиленген стратегиялық ўазыйпаларға үнлес ҳалда әмелге асырылып атырғаны менен әҳмийетли.
Президентимиздиң 2024-жыл 20-сентябрьдеги ПҚ-330-санлы қарарында ("Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай") қала ҳәм районларда экономикалық өсиўге түртки беретуғын драйвер жойбарлар ушын зәрүр инфраструктураны жаратыўға мәмлекетлик бюджет қаржылары қаратылыўы белгиленген болып, Нөкистеги "24/7 көше" басламасы хызмет көрсетиў тараўындағы драйвер жойбарлардан бири сыпатында үйренилди ҳәм бүгинги күнде қурылыс жумыслары басланыўы алдында тур. Бүгин қала ҳәкими А.Данияров әне, усы мәселеде "Дослық " МПЖ дағы С.Камалов ҳәм Ғәрезсизлик көшелеринде болып, қаламыздағы қурылыс тараўы маманлары менен әмелде қолланатуғын жойбарлар бойынша режелерди көрип, пикир-усынысларын билдирди.
Бүгин биз раўажланған мәмлекетлердиң тәжрийбелерин үйренген ҳалда олардың тәбийғый ресурслары, экономикадағы басланғыш тарийхына нәзер сала отырып, Нөкис ушын ең қолайлы бағдар - Барселона моделине жақынласыў болып табылады. Себеби қарақалпақ миллий мәденияты, өнерментшилиги ҳәм асханасы жергиликли колорит сыпатында күшли туристлик тартымға ийе.
"24/7 көше" жойбары Нөкис ушын бир қанша мүмкиншиликлерди береди.
Экономикалық жақтан жаңа жумыс орынлары ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўы, социаллық көзқарастан халықтың түнде де қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениўи, мәдений нәтийже миллий көркем өнер ҳәм өнимлерди көрсетиў имканияты жаратылады. Мысал ушын бул көше бойларында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиндеги көргизбелер археология, этнография, тәбият ҳәм жаңа тарийх бѳлимлери, қол ѳнери буйымлары, тағыншақлар, киймешек, бронза қуйма ыдыслары, Аралбойының ески ҳайўанат ҳәм ѳсимликлериниң тасқа айланған қалдықлары, жоғалып кеткен қуслар ҳәм ҳайўанат кеплери орын алған. «Соңғы Туран жолбарысы» кѳргизбеси айрықша мақтаныўға, көрсетиўге ылайық.
Және де бул көше бойларында миллий (сувенир) дүканлар болып, ҳәттеки жергиликли халықты да қызықтыра алады.
Нөкистеги "24/7 көше" басламасы - жергиликли ҳәкимликтиң басламасы менен Президент қарарлары ҳәм халықаралық тәжирийбелер үйлесиминдеги жаңа басқыш болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, халық ҳәм исбилерменлер бул идеяны қоллап-қуўатламақта. Егер жойбар басқышпа-басқыш ҳәм системалы әмелге асырылса, С.Камалов ҳәм Ғәрезсизлик көшелери тек ғана жергиликли халық емес, ал сырт елли мийманлар ушын да Нөкистиң "айнасы"на айланыўы мүмкин.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, Нөкис дүнья тәжрийбеси менен ҳәрекет етпекте. Хош дүнья тәжрийбеси бизиң экономикамызға, тәбийғый ресурсларымызға салыстырмалы түрде дурыс келе ме?
Мысалы, Сингапур тәбияты сингапурлыларға көп нәрсе, яғный тәбийғый ресурс бермейди. Нефть те, газ де, ҳәттеки таза ишимлик суўы да жетерли емес еди. Бирақ тарийх соны дәлийллемекте үлкен мәмлекет болыў ушын үлкен ресурслар зәрүр емес. Тийкарғы байлық инсан капиталы ҳәм анық режеге тийкарланған сиясат болып есапланады.
Линда Й.Ц. Лим ҳәм Панг Енг Фонгтың аналитикалық мийнети усы ҳақыйқатты және бир мәрте еслетеди. Китапта Сингапурдың экономикалық раўажланыўы "ретроспекция" ҳәм "рефлексия" арқалы талланады. Яғный өткен жолға қараў ҳәм оннан алынған сабақларды келешекке бағдарлаўы болып табылады.
Сингапур ҳүкимети дәслеп экономикалық моделин сыртқы дуньяга ашыў менен баслады. Өндирис экспортқа бағдарланды, сырт ел инвестициясы тартылды. Ҳәр бир қәдемде ашық-айдын нызамлар, нәтийжели басқарыў ҳәм билимлендириўге үлкен итибар қаратты.
Китапта атап өтилиўинше, Сингапурдың тийкарғы стратегиясы - ресурсқа емес, билим ҳәм технологияға сүйениў болған. Мәмлекет экономикасы хызметлер тараўы, логистика ҳәм финанс орайына айланды. Яғный суў, жер ҳәм нефть сыяқлы байлықларға емес, ал инсан потенциалына сүйенеди.
Бул процессте инфраструктура да үлкен әҳмийетке ийе болды. Асфалтланған жоллар, портлар, аэропортлар, жедел интернет ҳәммеси инвестиция ҳәм инновация ушын тийкар жаратты.
Сингапур тарийхы соны көрсетеди, шекленген ресурслар миллет ушын тосқынлық емес, ал жаңа жол излеўге ийтермелейди. Китап авторлары да тап усы пикирди алға қойып, тәбият бергени менен емес, ал инсанның ақылы - парасаты ҳәм жәмлескенлиги менен раўажланады.
Нөкис ҳәм Қарақалпақстан ушын бул сабақ айрықша баҳалы.Сингапур мысалы ресурссыз да раўажланыў мүмкинлигин дәлиллейди . Тек - билимге инвестиция, нәтийжели басқарыў ҳәм избе-из стратегия зәрүр.
Усы мәниде, Сингапур тәжирийбеси - Қарақалпақстан ушын пайдалы қолланба ўазыйпасын өтейди.
Буны айрықша атап, "штрих"лар менен көрсетип өтиўимиз керек. Сингапур тарийхындағы мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўдың бәршеси бизде бар.
Елимизде де суўды үнемлеў, улыўма Орта Азияда да суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў күн тәртибиндеги әҳмийетли тема болмақта. Қарақалпақстанның суў ресурсларын үнемлеў керек болса да, халықтың арзыў-нийетлери ҳәм келешекке исеними тоқтамайды. Усы жерде бир сораў туўылады: суўсыз да раўажланыўға ерисиўимиз мүмкин бе?
Жәҳән тарийхына нәзер тасласақ, буған жуўап табыў қыйын емес. Мәселен, Сингапур. Бир ўақытлары киши порт қаласынан басланган бул мәмлекетте суў дереклери дерлик жоқ еди. Олар қоңсылас Малайзиядан суў сатып алып күн кеширген. Бирақ, илим ҳәм инновацияға сүйенген басшылар халыққа жол көрсетти. Ҳәр бир жаўын тамшылары жыйналды, ҳәр бир тамшы қайта исленди. Технология арқалы суўсызлық машқаласы шешилди. Бүгинги күнде Сингапур дүнядағы ең заманагөй, ең таза қалалардан бирине айланды.
Және бир ибратлы мысал ретинде Қубла Кореяны алып қарасақ, 1950-жыллардағы Сеулдиң көшелеринде асфальтта дерлик жоқ еди. Урыстан кейинги булгиншилик, кәмбағаллық жоқары болды. Бирақ халық билимлендириўге исенди, мәмлекет болса илимге инвестиция киргизди.
Ҳәр бир студенттиң дәптеринде, ҳәр бир инженердиң қолында келешектиң қураллары билим ҳәм мийнет бар еди. Солай етип, кеше ғана асфальтсыз көшелерден бүгинги "Самсунг" ҳәм "Ҳёнде" сыяқлы гигантлар пайда болды.
Бул еки жолдан шығатуғын жуўмақ анық.Раўажланыў тәбийғый ресурсларда емес, ал инсан капиталында, билим ҳәм тәртипте.
Нөкис те усы жоллардан бармақта.. Киши қәдемлерде көзге көринеди, ҳәр бир аймақтың ишки жолларында, гүзар жол бойларында суўды үнемлеў технологиясы, ҳәр бир мәҳәлледе асфальтланған жоллар, мәмлекетимиз тәрепинен билимлендириўге инвестция киргизип ҳәр бир мектепте илимге қуштар жаслар тәрбияланбақта. Усы тәризде Нөкис келешекте заманагөй қаланың бири болады.
Бул - әрман емес, ал әмелге асырылыўы мүмкин болған жол картасы. Себеби, киши көшелерден үлкен жолларға шығыўымыз мүмкинлигин тарийх бизге дәлийллеп бермекте.
Э.Сагалатдинова
