Қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында
2025-07-29 15:00:00 / NUKUS SHAHRI HOKIMLIGI

Қабыл етилген нызамлардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында
Қабыл етилген нызамлар тийкарынан Өзбекстан Республикасы Конституциясында беккемленген пуқаралардың жеке ҳуқық ҳәм еркинликлерин, пуқаралардың сиясий ҳуқықларын, пуқаралардың экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықларын жәнеде беккемлеўге қаратылған болыў лазымлығы, сондай-ақ ҳәр тәреплеме қорғаўға тийкар қабыл етилиў керек.
Бул қабыл етилген нызамлар қатарында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта.
Соның ишинде, миллий нызамшылық базасы халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған нормалары беккемленип бармақта. Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 2019-жыл 2-сентябрьде "Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятлар кепилликлери ҳаққында"ғы ҳәм "Ҳаял-қызларға күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында"ғы нызамлар қабыл етилди.
Бул нызам ҳүжжетлери ҳаял-қызларды турмыста, жумыс орынларында, билимлендириў мәкемелеринде ҳәм басқа да орынларда күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў тараўындағы қатнасықларды да тәртипке салады. Күш көрсетиў ҳәм зорлықты басынан өткерген шахсларды қорғаў, жәмиетте ҳаял-қызларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлықтың ҳәр қандай түрине мүнәсибет орталығын енгизиўди кепиллейди.
Сондай-ақ, 2019-жылы зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар ушын "қорғаў ордери" институты енгизилди. Қорғаў ордери күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларға мәмлекетлик қорғаўды бериўши ҳүжжет есапланады. Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам әмелге киргизилди. Бул ҳүжжет бүгинги күнде ҳуқықты қолланыў әмелиятында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў менен байланыслы мәселелерде бир қатар машқалалардың бар екенлигин, атап айтқанда, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсқа мәмлекетлик қорғаўды бериўши ордердиң әмел етиў мүддети (30 күн) ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин жетерли дәрежеде қорғаўды тәмийинлеў имканиятын бермегенлиги себеп сыпатында баян етилген. Қабыл етилген нызам менен болса енди ҳаял-қызларға басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ордериниң мүддети бир жылға шекем жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен создырылыўы белгилеп қойылды.
Қорғаў ордери берилген көпшилик ҳаял-қызлар қайта зорлыққа ушыраған. Қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы өтиниш бойынша топланған материал судқа келип түскен ўақыттан баслап 24 саат ишинде жабық суд мәжилисинде жәбирлениўши ҳәм зорлық ислеген шахстың қатнасыўында көрип шығылады. Судья ис материаллары менен танысып шығып, ис жуўмағы бойынша қарар қабыл етеди. Бул қарарда қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы қарар қабыл етилген ўақыт ҳәм орын ҳаққындағы мағлыўматлар, қарарды қабыл еткен судтың аты, судьяның, тәреплердиң, исте қатнасыўшы басқа да шахслардың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты, сондай-ақ, шуғылланыўдың түри ҳәм жасаў орны, қорғаў ордериниң әмел етиў мүддетин созыў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў ушын тийкар болып хызмет еткен жағдайлар көрсетиледи.
Нызамда бул мүддетлердиң бир жылға шекем белгилениўи ҳаял-қызларымызға жетерли дәрежеде психологиялық, социаллық, ҳуқықый жәрдем берилиўи ҳәм жумыс пенен тәмийинленетуғынлығы ҳәм ҳуқықбузарлықлар кемейўине жәрдем береди.
Нѳкис районлар аралық ҳәкимшилик
судының судьясы К.Р.Бабаназаров.
