Нөкис қаласы ҳәкимлиги қабыллаў өткерди
2025-07-26 10:00:00 / NUKUS SHAHRI HOKIMLIGI

Нөкис қаласы ҳәкимлиги қабыллаў өткерди
Шылпық. Шылпықтың төбесине минип Нөкиске қарадыңыз ба? Ямаса үлкен бийик имараттан пайтахтқа нәзер тасладыңыз ба? Бул қала алақандай болып көринеди. Қуўыслап алақаныңа сыятуғындай ...
Усы кишкене ғана қалада ҳеш қандай машқала, тәшўиш жоқтай. Лекин, ишкериге киргениң сайын оның турмысы айқынланып көзге тасланады. Бахытлы адамлар көзлери сени қарсы алып, танымаса да сәлемлесип кете беретуғын шырайлы әдеби менен миймандослығын, тилекшилигин билдиреди.
Ҳәр бир шаңарақта машқала болғанындай, 350 мыңнан аслам халық жыйналған жерде қуўаныш та, кеўилсизлик те болып туратуғыны тәбийий.
Бул қаланы кимлердур мақтаған, және кими сын нәзер менен сөзлер айтқан.
Нөкис бәрине көнгендей...
Себеби, өз халқының даўысы оған өгей, жат емес. Жатырқамас пазыйлети менен Нөкис жыл сайын раўажланып, жасарып, гүлленип атыр. Президентимиздиң пәрман ҳәм қарарларының орынланыўы нәтийже берип, халқымыздың бири еки болып атыр. Бурынлары айтылған сөзлер, көшкен адамлар бәри-бәри тилин тислеп қалып, көшиўлер саны азайып, жасаў шараятлары жақсыланғанынан халық саны күннен күнге артып атыр.
Бәрше ийигиликли ислер Президентимиздиң сиясаты артынан болып атырғанын адамлар аңлап, түсинип жетпекте. Жасырарлығы жоқ, "Инсан қәдири" нелигин билмейтуғын да едик.
Еки адамның бири инсан қәдири ҳаққында түсиникке ийе. Солай емес пе?
Әлбетте өзи алақандай қала болғаны менен онда машқала менен кемшиликлер де ушырасады.
Қала ҳәкими А.Данияров басшылығында социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықтан шығыў, көшелерди абаданластырыў бойынша басқышпа-басқыш әмелий илажлар көрилмекте. Усындай мәселелерди анықлаўда, адамлардың турмысына бахтиярлық нәпесин алып кириўде усы жыл 25-июль сәнесинде қала ҳәкимлигинде қала ҳәкиминиң орынбасары Ж.Отежановтың басшылығында қала пуқараларының мүрәжатлары тыңланып, онда пуқараларымыздың социаллық, қурылыс, үй-жайларын оңлаў, турақ-жай сораў, денсаўлығын тиклеўге байланысоы қаржылай жәрдем бериўдеги мүрәжатлары тыңланды.
Ҳәр бир мүрәжат жазып алынып, әмелий көмек бериў илажлары көрилди.
Және де пуқаралардың мүрәжатларына бола, тийисли тәртипте тараў басшылары қадағалаўға алынатуғынлығына тапсырмалар берилди.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, нөкисшилердиң өз алдына тәшўишлери, шадлықлары 1бар.
Қуўанатуғын себеплери көп болса көп дә, лекин кеўиллер қамсығатуғындай емес. Турмыс ғалма-ғалынан азырақ жеңилленейин деп, қала ҳәкимлигине мүрәжат етип турады.
Буған өз гезегинде, ҳуқықый түсиник жумыслары алып барылады.
