Ташкентте Өзбекстан - Корея бизнес-форумы болып өтти
2025-07-07 08:00:00 / Jańalıqlar

Илаж Өзбекстан ҳәм Корея Республикасының исбилермен топарлары ҳәм мәмлекетлик структураларынан 100 ден аслам ўәкиллерди бирлестирди.
Форумға Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм Улсан мери Ким Ду Гёнг басшылық етти. Сөйлеўлеринде олар еки тәреплеме бирге ислесиўдиң турақлы раўажланыўын атап өтип, экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиўге таяр екенин билдирди.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстанның инвестициялық имканиятлары, соның ишинде, енергетика, электротехника санааты, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары таныстырылды. Тәреплер биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм өндирис кооперациясын раўажландырыўға қызығыўшылық билдирди.
Форумның әҳмиетли нәтийжелеринен бири "жасыл" енергетика тараўындағы басламаларды әмелге асырыў бойынша ҳәр тәреплеме бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы болды. Ҳүжжетке Өзбекстан Республикасы Енергетика министрлиги, Өзбекстан Економика ассамблеясы, Улсан мери ҳәм Кореяның жетекши компаниялары - Hyundai Engineering, Samsung C&T, LG Energy Solution, Korea East-West Power, Doosan Enerbility ҳәм LS Electric қол қойды.
Форум шеңберинде, сондай-ақ, B2B ҳәм B2G түрлеринде сөйлесиўлер өткерилип, олар даўамында бизнес ҳәм мәмлекет ўәкиллери жаңа жойбарларды баслаўдың әмелий тәреплерин додалап, бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық усыныслар алмасты.


