Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри ҳәм Башқурцтан Республикасы Бас министриниң орынбасары - санаат, енергетика ҳәм инновациялар министри арасындағы ушырасыў.
2025-04-28 11:00:00 / Jańalıqlar

Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары, соның ишинде, аймақлараралық сөйлесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, станоклар ислеп шығарыў, жеңил санаат, кадрлар ҳәм технологиялар алмасыў бағдарлары көрип шығылды.
Тәреплер Өзбекстан аймақлары ҳәм Башқурцтан арасындағы товар алмасыўдың унамлы динамикасын, атап айтқанда, 2024-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара саўда 11,8 процентке өскенин атап өтип, Башқурцтан Республикасына мийўе-овош ҳәм тоқымашылық өнимлерин експорт етиўди шөлкемлестириў бойынша келисимге еристи.
Буннан тысқары, Өзбекстанда башқурт компанияларын жайластырыў ушын биргеликтеги технопарк шөлкемлестириў режелери додаланды. Башқурт тәрепи мәмлекетимизде саўда үйин ашыўға да үлкен қызығыўшылық билдирди.

