Көп қабатлы турақ жайларда ыссылық системасының жағдайы үйренилмекте
2025-07-25 14:50:00 / Министрлик
Сурхандәря ўәлаяты Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында аймақлық қадағалаў инспекциясы тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимге таярлық шеңберинде көп қабатлы турақ жайлардағы ыссылық тәмийнаты системасы ҳәм локал қазанханалардың жағдайы үйренилмекте.
Мониторинг илажлары Жарқорған ҳәм Ангор районларындағы "Жаңа Өзбекстан" массивиндеги үйлерде өткерилип, жер төлелердеги суў айдаў насослары, ишки ысытыў системасы, гидравликалық сынаў ҳәм жуўыў жумыслары орнында көзден өткерилди.
Бул қадағалаў жумыслары халықты гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ҳәм сапалы ыссылық тәмийнаты менен тәмийинлеў, сондай-ақ, суўық күнлерде жүзеге келиўи мүмкин болған машқалаларды алдыннан анықлаў ҳәм сапластырыўға қаратылған.






