Соңғы жылларда елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына кѳтерилип, барлық орынларда, ҳәттеки, ең шетки мәҳәллелерде де бурын болмаған кең кѳлемли жумыслар алып барылмақта.
2026-01-15 12:30:00 / Press-relizler

Әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң тек ғана Қарақалпақстан ушын 2017-жылдан берли 78 Пәрман ҳәм Қарарлары қабыл етилген болса, ҳәзирги ўақытта 38 ҳүжжеттиң орынланыўы даўам етпекте.
Қабыл етилген тарийхый ҳүжжетлер тийкарында:
- халқымызға, соның ишинде жасларымызға бир қатар қолайлы шараятлардың жаратылғанын;
- исбилерменлеримизге бурын болмаған кѳплеген жеңиллик ҳәм имканиятлар берилгенин;
- халықтың аўыры жеңил, узағы жақын болғанлығын, пуқараларды қыйнап киятырған машқалаларға унамлы шешим табылып атырғанлығын,
- нураныйлар, ҳаял-қызлар, әсиресе, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар жақыннан қоллап-қуўатланып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап ѳтиўимиз тийис.
Усындай жаратып берилген имканиятлар нәтийжесинде барлық тараўларда жедел ѳзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте.
Атап айтқанда, Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними 2017-жылдан бүгинги күнге келип бул көрсеткиш 4 есеге ѳсиўине ерисилди;
- Кәрханалар саны - 29 мыңға жетип, 2017-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейди (2017-жылы 11,1 мың);
- халықтың жан басына жалпы аймақлық ѳним бир неше есеге артты;
- Аймақлық кәрханаларда санаат өнимлериниң көлеми 4,3 есеге өсип, ислеп шығарылған өндирис көлеми кеңейди;
- 2017-жылы 6 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилген болса, бул көрсеткиш 2025-жылдың жуўмағы менен дерлик 500 есеге ѳсип, 2 ярым миллиард долларға жетти;
- қалаберсе, 2025-жылдың товарлар экспорты 2017-жылға салыстырғанда дерлик 14 есеге өсип, 2025-жыл жуўмағында 443 млн. долларға жеткерилди (2017-жыл 32,1 миллион доллар).
Әҳмийетли тәрепи сонда, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ҳәр қандай қарар, пәрман қабыл етилсе де Қарақалпақстанға айрықша итибар қаратылып, регионымыз халқы ҳәм исбилерменлери ушын өз алдына жеңилликлер берилмекте.
Мине, усындай жаратылған қосымша имканиятларды бүгин халқымыздың ҳәр бир ўәкили ѳз турмысында сезинип атыр, десек қәтелеспеймиз.
