Соңғы жылларда елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына кѳтерилип, Қарақалпақстан тарийхында бурын болмаған жаңаланыўлар жүз бермекте.
2026-01-15 12:20:00 / Press-relizler

Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар-пәрманлардан бир нешеўин атап өтетуғын болсақ, ҳүрметли Президентимиздиӊ 2023-жыл 13-июльдағы «Қарақалпақстанда Мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 228-санлы Қарары тийкарында:
- 452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 млн сўмнан, жәми 228 млрд. сўм ажыратылып, мәҳәллелердеги социаллық ҳәм инфраструкура объектлеринде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.
Атап ѳтетуғын болсақ, халықты бир нешше жыллардан берли қыйнап киятырған ҳәм “Кѳше бийлери” тәрепинен кѳтерилген 2 400ге жақын машқалаларға шешим табылды.
Булардан тысқары, Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги 330-санлы Қарары тийкарында халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарында 2025-жылда:
- 89 аўыр мәҳәллелердиң қыйтақ жерлерин суўғарыўды жақсылаў ушын 150 млрд. сўмлық 745 км каналлар тазаланды, 102 км каналлар бетонланды.
Нәтийжеде пуқаралардың қыйтақ жерлерден қосымша дәрамат алыўына имканият жаратылды.
Қалаберсе, мәҳәллелерде халықтың үй шараятында дийқаншылық, шарўашылық пенен шуғылланыўында жақыннан жәрдем кѳрсетиўши 50 Мәҳәлле сервис компаниялары шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, мәҳәлле жетилигине қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:
- соңғы жыллары 100 ден аслам мәҳәлле имаратларында қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылған болса, соннан 80 имарат жаңадан қурылғанын айрықша атап ѳтсек болады.
Буннан тысқары, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, оларға сапалы мәмлекетлик хызметлер кѳрсетиўди жақсылаў мақсетинде 2023-жылда 28 мәҳәлле жаӊадан шѳлкемлестирилди.
Сондай-ақ, 452 мәҳәлледеги кѳше бийлериниӊ ҳуқықый статусы беккемленип, олардыӊ нәтийжели жумысларын ен жайдырыў мақсетинде ҳәр жылы “Еӊ үлгили кѳше бийи” таӊлаўы ѳткерилип, жеӊимпаз болғанлар хошаментленип келинбекте.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2023-жыл 28-июльдағы 119-санлы Пәрманы менен берилген жеңиллик тийкарында ҳүжжетсиз қурылған 27 мың 590 турақ-жайдыӊ жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықы, имаратларына мүлк ҳуқықы берилди.
Нәтийжеде бир неше жыллардан берли халқымызды қыйнап киятырған мәселелерге шешим табылды.
