Соңғы жылларда елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына кѳтерилип, Қарақалпақстан тарийхында бурын болмаған жаңаланыўлар жүз бермекте.
2026-01-15 12:15:00 / Press-relizler

Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар-пәрманлардан бир нешеўин атап өтетуғын болсақ, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 6-сентябрьдеги қарары тийкарында (500-санлы):
- 2023-2028-жылларда 4 955 км топырақ жолларға қум-шебен араласпасын тѳсеў ушын 795 млрд. сўм қаржы ажыратыў белгиленди.
Мине, бүгинги күнде 935 км топырақ жоллар жақсыланып, бул жумыслар даўам еттирилмекте.
Қалаберсе, Министрлер Кабинетиниӊ 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы Қарары менен:
- ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында қала ҳәм районларға бириктирилген ўәлаятлар менен биргеликте улыўма 21 мыңнан аслам турақ-жайлардыӊ төбесин шиферлаў ҳәмде авариялық жағдайдағы, жасаў ушын жарамсыз болған 709 турақ-жайларды жаӊадан қурыў белгиленди.
Соннан, бүгинги күнде 17 мыңнан аслам турақ-жайлар шиферланып, 326 турақ-жай жаңадан қурылды.
Буннан тысқары, Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларындағы 2 мыӊ километр топырақ жолларға қум-шебен тѳсеў белгиленди.
Бүгинги күнде бул районлардағы 500 км ишки жолларға ЩПС тѳселип, халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2023-жыл 10-июльдағы «Қарақалпақстанда Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 219-санлы Қарары тийкарында:
- Министрлер Кеӊеси жанында Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилди ҳәм мәмлекет бюджетинен 20 млрд сўм ажыратылды.
Қалаберсе, «Айқулаш» ҳәм «Мақом» ансамбли, Қуўыршақ театры, сондай-ақ, барлық мәденият бөлимлерине Президент саўғасы – заманагөй автотранспорт қураллары тапсырылды.
Сондай-ақ, мәденият бөлимлери жанындағы Халық ансамбллери ҳәм театр жәмәәтлери зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.
Соның менен бирге, дерлик 6 ярым млрд. сўм қаржы есабынан “Қарақалпақфильм” киностудиясы имаратында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылып, зəрур техника ҳəм инвентарлар менен тəмийинленди.
Бундай жаратылған имканиятлар нəтийжесинде ѳткен жылы “Қарабай” кино комедиясы сүўретке алынған болса, бугинги кунде “Муғаллим” фильми, “Гулайым ҳəм қырық қыз” тарийхый фильмлери сүўретке алынбақта.
Соның менен бирге, 2025-жыл январь айынан баслап мәденият мәкемелери хызметкерлериниң ис-ҳақылары 20 процентке асырылған болса, июль айынан және 15 процентке көбейтилди.
