Соңғы жылларда елимиз раўажланыўдың жаңа басқышына кѳтерилип, Қарақалпақстан тарийхында бурын болмаған жаңаланыўлар жүз бермекте.
2026-01-15 12:05:00 / Press-relizler

Анық мысаллар менен атап ѳтетуғын болсақ, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген бир ғана пәрман ҳаққында айтып өткенде, ҳүрметли Президентимиздиӊ 2022-жыл 31-августтағы Қарақалпақстанда исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтыӊ абаданлығын арттырыў илажлары ҳаққындағы 213-санлы тарийхый пәрманы қабыл етилип, усы тийкарда бир қатар жеңиллик ҳәм преференциялар берилди.
Атап айтқанда:
- исбилерменлик субъектлерине 2028-жыл
1-январьға шекем пайда салығы, айланбадан алынатуғын салық, юридикалық шахслардыӊ мал-мүлк ҳәм жер салығы бойынша салық ставкалары 2 есеге кемейтилди;
- социаллық салық муғдарлары кемейтилип, 1 процент етип белгиленди.
Нәтийжеде усы күнге шекем жәми 567 млрд. 536 млн.сум қаржы 17 мыңнан аслам исбилерменлер ықтыярында қалдырылды.
- 14 процентлик ставкада 7 жыллық мүддетке шекем, 2 жыллық жеңиллетилген дәўири менен тек қарақалпақстанлы исбилерменлерге 1 трлн. сўм кредитлер ажыратылды.
Усының есабынан исбилерменлерге өз бизнесин раўажландырыўына, жаңа қуўатлылықларды иске түсириўине ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға тийкар жаратылды.
- Қарақалпақстанлы жаслар ушын республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына ажыратылған қосымша квоталар тийкарында 31 мыңға жақын жаслар студент болыў бахтына миясар болды.
Бул өз нәўбетинде, жаслапрымыз ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди десек асыра айтқан болмаймыз.
- 2022-жыл 15-сентябрьден баслап пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған шахслар ушын темир жол ҳәм авиа-билетлериниң баҳасы 2 есеге арзанластырылып берилиўи нәтийжесинде ҳәр жылы мың-мыңлап пуқараларымыз бул жеңилликтен пайдаланып келмекте.
Бир ғана пәрман тийкарында берилген жеңилликлерди еле де кең түрде атап өтсек болады. Әлбетте, бундай жеңилликлер ҳәм берилген имканиятлар республикамыздың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли орын тутпақта.
